Қоңыратта “Моноорай” ашылды

Мәмлекетимизде пуқаралардың абадан турмысын тәмиймнлеў мақсетинде халық бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында Нөкис қаласында «Ишга марҳамат» моноорайы шөлкемлестирилген еди.

Пуқараларымызға және де қолайлы шәраятлар жаратыў мақсетинде Орайдың Қоңырат районы филиалы ашылды. Орай филиалының ашылыў салтанатына Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасыры Э. Мухитдинов, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Махкамова, район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов ҳәм басқа жуўапкер шөлкемлер ўәкиллери менен биргеликте районымыз турғынлары қатнасты.


Орайда 10 түрдеги кәсип-өнерге бағдарлаўшы курслар менен бирге, бирнеше шет тиллерин үйретиў курслары ашылған болып,

тыңлаўшылар 3 айлық оқыў курсы даўамында тек ғана теориялық билимлерди алып қоймастан, әмелий көнликпелерге де ийе болады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Skip to content