Қабыллаў
Бүгин, Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумы
район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратовтың жеке қабыллаўы болып өтти.
Қабыллаў даўамында пуқаралар бәнтлик, жеңиллетилген кредитлер алыў, исбилерменликти жолға қойыў, ишки жолларды реконструкциялаў ҳәм коммунал хызметлердиң сапасын асырыў сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжат етти.
Айырым мүрәжатлар сол орынның өзинде шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер қәнигелерге анық тапсырмалар берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети