Қоңырат районы ҳәкиминиң байрам қутлықлаўы

Ҳүрметли заманласлар!

Сиз əзизлерди, бүгинги қутлы əйям – Қарақалпақ тилине мəмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнəсибети менен шын жүректен қутлықлайман.

1989-жыл 1-декабрь күни Қарақалпақ тилине мəмлекетлик тил бийлиги берилди. Быйыл бул сəнеге 33 жыл толмақта. Бул жыллар тарийх жылнамалары ушын азғана ўақыт болыўы мүмкин, бирақ усы жыллар аралығында тилимизди раўажландырыў, оның тазалығын сақлаўға айрықша итибар қаратылды. Неше əсирлерден берли ата-бабаларымыздан бизге шекем жетип келген ана тилимиздиң раўажланыўы ҳəм келешеги ҳаққында қайғырыў, ҳəр биримиздиң баслы мақсетимиз ҳəмде ўазыйпамыз саналады. Сонлықтан, тилимизди таза сақлаўымыз, оны келешек əўладларға мүнəсип жеткериўимиз зəрүр, деп есаплайман.

Әзиз ҳəм қəдирли Қоңырат районы халқы!
Сизлерди Қарақалпақ тили байрамы менен жəне бир мəрте қызғын қутлықлайман. Бəршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық тилеймен.

Ҳүрмет пенен,
Қоңырат районы ҳәкими
Б.Б.Мадаминов

 

Skip to content