Бүгин Қоңырат районы Мәденият сарайында мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсенлилери ушын арнаўлы оқыў семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар Мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары Р.Турдибоева, Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова, “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар” илимий изертлеў институты қәнигеси Г.Тлеўова ҳәм басқада тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл районлары мәҳәллелериндеги ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.
Семинарда шаңарақларды беккемлеў, ерте турмыс қурыўдың ҳәм ажырымлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылыўы лазым болған жумыслар додаланды.
Семинар сораў-жуўаплар менен даўам етип, қатнасыўшылар өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети