Бүгин, Қоңырат районы Мәденият сарайында”25-ноябрь-Халықаралық ҳаял-қызларға зорлық көрсетиўге қарсы гүресиў күни” мүнәсибети менен “Биз зорлыққа қарсымыз” атамамында илаж болып өтти.
Оған Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары У.Тлеўмуратова мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар,ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар Гендер теңлиги, шаңарақта ҳаял-қызлардың тутқан орны сыяқлы мәселелерде кеңнен түсиник берди.
Соның менен бирге ҳаял-қызлар арасында жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларға руўхый ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетиў бойынша ўәкилликли уйымлар менен тығыз байланысты тәмийинлеў мәселелери додаланды.
Илажда психологиялық тренинг шынығыўлары ҳәм районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен хаял-қызларға қаратылған зорлыққа қарсы гүресиў мәселелерин өзинде сәўлелендирген саҳналық көринислер жыйналғанлар нәзерине усынылды.