Жоқарғы Кеңес Баслығы «Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде терек егиўге қатнасты
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетимизде халық жасаў орынларындағы жасыл майданлар санын көбейтиў, тереклер санын арттырыў ҳәм оларды тәрбиялаў мақсетинде «Жасыл мәкан» акциясын нәтийжели шөлкемлестириўди белгилеп берген еди.
Әлбетте, егилген ҳәр бир терек ҳаўадағы карбонат ангидрид ҳәм басқа да зыянлы газларды жутып, кислород ислеп шығарады ҳәм бизиң таза ҳаўадан дем алыўымызға жәрдем береди.
Бүгинги күнде республикамыздың барлық орынларында «Жасыл мәкан» акциясы шеңбериндеги жумысларға ҳәмме бирдей ат салысып, терек егиў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылып атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин Нөкис қаласы аймағында терек егиў мапазына барып, жақсы нийетлер менен қала көркине шырай бағышлаўшы декоратив терек нәллерин екти. Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәр бир инсан әтирап-аймақ ҳәм атмосфераның тазалығын, абаданлығын тәмийинлеў жолында терек егиў жумысларында белсене қатнасыўы кереклигин атап өтти.
Ийгиликли басламаны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев даўам еттирди.
Сондай-ақ, әҳмийетли илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслықлары ҳәм Жоқарғы Кеңес хызметкерлери мийнет жәмәәти белсене қатнасты.
«Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде жумыслар елимиз бойлап шөлкемлескенлик пенен еледе даўам еттириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети