Миллетлерара татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик – жәмийет турақлылығының гиреўи

Қоңырат районы 1-санлы кәсип-өнер мектебинде Кеңпейиллик ҳәптелиги” шеңберинде “Миллетлерара татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик – жәмийет турақлылығының гиреўи” атамасында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда жәмийетте кеңпейиллик, өз-ара ҳүрмет ҳәм меҳир-мүриўбет туйғысын күшейтиў, халықтың, әсиресе жаслар арасында көп миллетли үлкен шаңарақ туйғысын беккемлеў, жас әўлаттың интелектуал ҳәм руўхый искерлигин көтермелеў, жасларды ана ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, бийбаҳа байлығымыз болған тынышлықтың қәдирине жетиў ҳәм бул бойынша аймақта биргеликте үгит-нәсият жумысларын алып барып елимиз тынышлығы ҳәм раўажына үлес қосыўға шақырды.

Илажға Диний комитет районлық бас қәнигеси Ю.Қалекеев, “Хәким Сулайман” мешит имам найыбы Ш.Худайбергенов ҳәм Қоңырат районы 1-санлы кәсип-өнер мектеби жәмәәти қатнасты.

Skip to content