Қоңыратлы 30 нураный Бухара қаласына саяхат етти

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 28-май күнги “Кекселерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы 340-санлы қарары менен ҳәр жылы ноябрь айы “Кекселер ушын туризм айлығы” етип белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен Республикамыз бойлап кекселер ушын саяхатлар шөлкемлестирилип, олардың кеўилли дем алыўлары ушын имканиятлар жаратылмақта.

Ноябр айының екинши он күнлиги арасында Қоңырат районынан 30 нураныйдың Бухара қаласына саяхаты шөлкемлестирилди. Саяхат даўамында кекселер Бухара қаласының тарийхый орынлары менен танысты.

Skip to content