Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районының социал-экономикалық жағдайы, районда бүгинги күнде халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болып, кемшиликлерди сынға алды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын Жоқарғы Кеңес Баслығының кеңесгөйи Б.Ажиниязовты районға жуўапкер етип бекиткен еди.
Бүгин, Б.Ажиниязов Қоңырат районында болып, “Раўшан” АПЖ да жаңадан бой тиклеп атырған футбол майданшасы ҳәм “Әжинияз” АПЖ дағы 20-санлы мектептиң қурылыс жумыслары менен танысты.
Үйрениўлер даўамында қурылыс жумысларын тез арада ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берди. Соның менен бирге “Әжинияз” АПЖ да жәмийетлик транспорт мәселесиндеги машқалаларды сапластырыў бойынша усыныслар билдирилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети