Бүгин Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлимимде районлық Әдиллик бөлими хызметкерлери менен биргеликте “Коррупция -Раўажланыўға тосық” атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыў даўамында Өзбекстан Республикасының “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызамы бойынша түсиниклер берилди. Республикамыз бойлап коррупцияға байланыслы жынаятлардың артып баратырғанлығы сынға алынып, мәмлекетимиз тәрепинен бул иллетке қарсы гүресиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы айрықша атап өтилди.
Соның менен бирге тараў қәнигелери тәрепинен нызамшылықта әмелге асырылып атырған реформалар бойынша кеңнен түсиниклер берилди.