Бүгин районымыздағы Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында “Жаслар дәптери-Имкәниятлар дәптери” атамасында баспа сөз конференсия болып өтти. Конференсия даўамында “Жаслар дәптери”не кириў критериялары, оларға берилетуғын имтиязлар ҳәм жаратылған имкәниятлар ҳаққында атап өтилди. Жасларға берилген имкәниятлардан пайдаланып өз жумысын жолға қойған жаслар берилген имкәниятлардан қандай тәртипте пайдаланғанлығы ҳәм алдағы режелери ҳаққында атап өтти.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети