Жынаят ислери бойынша Қоӊырат районы суды имаратында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис материалларды ҳәм жынаят ислерин топлаў ўәкиллигине ийе болған сорастырыў уйымлары хызметкерлери менен оқыў семинары болып өтти. Семинарға прокуратура, ИИБ тергеўшилери, профилактика инспекторлары, жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлими, Мәмлекетлик салық инспекциясы, бажыхана, Санитария эпидемиология станциясы район бөлими, Экология ҳәм орталықты қорғаў уйымы сорастырыўшылары қатнасты. Семинарды жынаят ислери бойынша Қоӊырат районы суды баслығы Д.Разов ашып, өз баянатында судқа келип түсип атырған ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ҳәм жынаят ислерин рәсмийлестириўде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерге тоқтап өтти. Усы қәте-кемшиликлердиӊ алдын-алыў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексине, Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы қарарлары талапларына әмел етиўлери кереклиги бойынша түсиник берип өтти. Күн тәртибиндеги мәселе жүзесинен семинар қатнасыўшылары пикир алмасып, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.