«Кендир» егип тәрбиялаған «дийхан» жазасын алды

Пуқара Р.С. исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын кәрхана ашып, исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын кәрханаға ажыратып берилген жерге нызам менен қадаған етилген 31 түп «Кендир» нәшебентлик өсимлигин егип, тәрбиялап келген.

2022-жыл 4-май күни ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен өткерилген «Қара дәри-2022» профилактикалық-оператив иләжлар нәтийжесинде оның бул жынаяты паш етилди.

Суд-химиялық экспертизасының 2022-жыл 5-май күнги 445-санлы жуўмағында айғақлы зат ретинде алынған 31 (отыз бир) дана ызғар ҳалдағы өсимлик түплериниң қурамында тетрагидроканнабинол нәшебентлик актив компонент бар болып, бул өсимликлер “Кендир” өсимлиги деп аталатуғынлығы ҳәмде олардың таза салмағы 18,15 (он сегиз пүтин жүзден он бес) граммға тең болып, азғанадан көбирек муғдарды қурайтуғынлығы анықланған.

Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судының 2022-жыл 18-август күнги ҳүкими менен судланыўшы Р.С. Өзбекстан Республикасы ЖКниң 270-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, тийисли жазасын алды.

 

 

Е.Бердиев

Жынаят ислери бойынша

Қоңырат районы судының судьясы

Skip to content