ағыйда тәризинде, бақшада азық-аўқат өнимлери ҳәм тағамлардың сапасын үйрениў бойынша бракераж комиссиясы шөлкемлестириледи.
Бул комиссия асханаға қабыл етилетуғын азық-аўқат өнимлери ҳәм таярланып атырған тағамлардың сапасын турақлы үйренип барады. Үйрениў нәтийжелери өз алдына жүргизилетуғын бракераж дәптерлерине жазылады.
Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң мийрибийкеси бракераж комиссиясының баслығы болып, төмендегилер комиссия ағзалары болып табылады:
тәрбияшы;
аспаз;
шөлкемниң кәсиплик аўқамы комитетиниң баслығы;
тәрбияланыўшылардың ата-аналары ямаса олардың орнын басатуғын адамлар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги