Биринши инстанция судларында әпиўайыластырылған тәртипте ис жүритиў ѳзгешеликлери

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ                2-статьясына муўапық, экономикалық суд ислерин жүритиў ўазыйпалары, экономика саласындағы кǝрханалар, мǝкемелер, шөлкемлер ҳǝм пуқаралардыӊ бузылған яки тартысып атырған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мǝплерин қорғаў, экономика саласында нызамлылықты беккемлеў ҳǝм ҳуқықбузарлықлардыӊ алдын алыўға көмеклесиў, нызамға ҳǝм судқа қарата ҳүрметте болыў мүнǝсебетин қǝлиплестириўден ибарат.

Экономикалық ислерди шешиўде биринши инстанция судлары тǝрепинен Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси ҳǝм басқа да кодекслер, нызамлар менен бирге Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумыныӊ 2019-жыл 24-май күнги “Биринши инстанция суды тǝрепинен экономикалық процессуал нызам нормаларын қолланыўдыӊ айырым мǝселелери ҳақкында”ғы 13-санлы қарары да қолланылады.

Ѳзбекстан Республикасының 2019-жыл 20-марттағы “Мәмлекетте исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша қосымша ис-иләжлар қабыл қылынғанлығы мүнәсебети менен Ѳзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине ѳзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы 531-санлы Нызамы менен Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине даўа тәртибиндеги экономикалық ислерди әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде кѳриў институты енгизилди.  Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 23-1(прим)-бабы әпиўайыластырылған тәртипте ис жүритиўге бағышланып, әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде кѳрип шығыў ушын берилетуғын даўа арзаларға қойылатуғын талаплар, ислерди әпиўайыластырылған тәртипте кѳрип шығыў тәртиби, әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде кѳрип шығылатуғын ислер, оның ѳзине тән ѳзгешеликлерин ѳз ишине қамтыйды.

Даўа арзалар әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде кѳрип шығылыўы ушын даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса, базалық есаплаў муғдарының бес есесинен аспаған болыўлары лазым.

Егер исти әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде кѳрип шығыў ўақтында үшинши шахстың иске кирисиў туўрысындағы илтимаснамасы қанаатландырылған болса, белгиленген қағыйдалар бойынша кѳрип шығылыўы мүмкин болмаған қарсы даўа қабыл қылынған болса ямаса егер суд исти әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде кѳрип шығыў мәмлекет сырының, коммерциялық сырдың яки нызам менен қорғалатуғын басқа сырдың әшкара қылыныўына алып келиўи мүмкин деген, қосымша жағдайларды анықлаў яки қосымша дәлиллерди тексериў, сондай-ақ дәлиллерди олар турған жайда кѳзден кешириў ҳәм тексериў, экспертиза тайынлаў яки гуўалардың кѳрсетпелерин еситиў зәрүр деген, билдирилген талап басқа талаблар менен байланыслы болып, талап үшинши шахсларға байланыслы болса яки бул ис бойынша қабыл қылынған суд ҳүжжети менен үшинши шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплери бузылыўы мүмкин деген жуўмаққа келсе, суд исти ис жүритиўдиң улыўма қағыйдалары бойынша кѳриўге ѳтиў ҳаққында уйғарыў шығарады.

Сондай-ақ, корпоратив даўалар бойынша ислер, ҳуқықый тәсир шараларын қолланыў ҳаққындағы ислер әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде кѳрип шығылмайды.

Ислер улыўма ис жүритиў тәртибинде кѳрилгенде исти суд додалаўына таярлаў ҳаққындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир айда кѳрилиўи белгиленген болса, әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги ис даўа арзасын ис жүритиўге қабыл қылыў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен баслап жигирма күннен аспаған мүддетте даўа арза бойынша жазба пикирди, дәлиллерди ҳәмде басқа ҳүжжетлерди усыныў ушын белгиленген мүддет ѳткеннен кейин судья тәрепинен жеке тәртипте кѳрип шығылады.

Сондай-ақ, ис улыўма ис жүритиў тәртибинде кѳрилгенде исти кѳриў мүддетин айрықша жағдайларда бир айға узайтырыў мүмкин болса, исти әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде кѳрип шығыў мүддетлери узайтырылмайды.

Буннан тысқары, суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын ѳткерместен, тәреплерди шықартпастан ҳәм олардың түсиндирмелерин еситпестен кѳрип шығады.

Суд тәреплердиң усынған ҳүжжетлеринде баян етилген түсиндирмелерин, қарсылықларын ҳәм ўәжлерин тексереди, дәлиллер менен танысады, кѳзден кеширеди ҳәм шешиўши қарар қабыл қылады.

Сондай-ақ, улыўма ис жүритиў тәртибинде кѳрилген ис бойынша қабыл қылынған шешиўши қарар егер апелляциялық арза берилмеген болса, қабыл қылынған күннен бир ай ѳтип нызамлы күшке киретуғын болса, әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде кѳрилген ис бойынша шығарылған шешиўши қарар егер апелляциялық арза берилмеген болса, қабыл қылынған күннен он ѳтип нызамлы күшине киреди ҳәм орынлаўға қаратылады.

Апиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде ислерди кѳриў институтының енгизилиўи мәмлекетте исбилерменлик орталығын жақсылаў, олардың артықша ўақытларының сарыпланыўының алдын алыў ҳәм ҳәр тәреплеме қолайлықлар жаратыўға хызмет етеди.

 

С.Ниязов

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы   

Skip to content