ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!! Ҳүрметли Республикамыз халқы,

ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!!

Ҳүрметли Республикамыз халқы,

Республикамыз аймақларында пахта жыйын-терими басланғанлығын ҳәмде биринши терим пулы 1 кг пахта 1500 сўм, екинши терим пулы 1800 сўм етип белгилегенлигин хабарлаймыз. Сондай-ақ, теримшилерге класстер ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен бәрше шәрт-шараятлар жаратылып бериледи.
Гүллан Халқымызды шаңарағына дәрамат алып кириў ушын пахта теримине белсенди қатнасыўға шақырып қаламыз.

Дәраматты табыў өзимиздиң қолымызда:
бир үйден 1 адам бир күнде орташа 80 кг терсе – 120 000 сўм, бир айда 3 600 000 сўм болады.
бир үйден 2 адам бир күнде орташа 150 кг терсе – 225 000 сўм, бир айда 6 750 000 сўм болады.
бир үйден 3 адам бир күнде орташа 200 кг терсе – 300 000 сўм, бир айда 9 000 000 сўм болады.

❗️ Мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетинен пайдаланыў қатаң қадаған етиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги

👉https://t.me/qongiratrkuz

Skip to content