Пуқаралардың турмыслық машқалаларын өз ўақтында сапластырыў, халық пенен ашық ҳәм туўрыдан-туўры байланысты күшейтиў бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасына айланбақта.Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары-Шаңарақ ҳәм хаял қызлар бөлими баслығы У.Тилеумуратова ҳәмде тийисли шөлкемлер қатнасыўында Ҳан-жап мәҳәллесинде көшпели қабыллаў болып өтти.
Онда тийкарынан физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ машқалалары, олардыӊ мүрәжатлары тыӊланды. Көшпели қабыллаў реже тийкарында басқа мәҳәллелерде даўам етеди.