Бүгин 8-август күни Қоңырат районы «Хәким Сулайман» жоъме мешитинде район аймағындағы мǝкан ҳәм аўыл пуқаралары жыйынына бириктирилген мǝҳǝлле моллалары қатнасында оқыў-семинары болып ѳтти.
Семинар барысында бүгинги күнде республикамызда диний-ағартыўшылық тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, диний кеңпейиллик ҳǝм миллетлерара татыўлықты беккемлеў, ең үлкен байлығымыз болған тынышлығымызды қәдирлеў, миллий қәдириятларымыз, үрп-әдетлеримизге жат болған иллетлердиң алдын алыў, кеңпейиллик, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпǝǝт сезимин күшейтиў хаққында сәўбетлесилди. Семинарға Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қǝнигеси Н.Жамалов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы орынбасары И.Шерниязов, районлық Дин ислери бойынша бас қанигеси Ю.Қалекеев ҳәмде районымыз бас имам хатиби Р.Умаровлар қатнасты.