ИСШИ ТОПАР АҒЗАЛАРЫ ҚОҢЫРАТ РАЙОНЫНДА БОЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги  ПП-213-санлы Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийетин  кеңнен үгит-нәсият етиў мақсетинде Республикадан  дүзилген исши топар ағзалары тәрепинен бүгин район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында семинар ɵткерилди.

Семинар даўамында Қарақалпақстан Республикасы экономикалық раўажландырыў ҳәм камбағаллықты қысқарттырыў министриниң биринши орынбасары А.Шамуратов тәрепинен пәрман мазмуны жыйналғанларға кеңнен түсиндирилди.Семинарға район ҳакиминиң биринши орынбасары Б.Қурбанов, ҳәким орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм жетекшилер қатнасты.

Семинар даўамында ɵз-ара пикир алмасылды ҳәм қызықтырған сораўларға жуўаплар берилди.

Skip to content