(Қарақалпақша) Жаслар- келешегимиз,ертеңимиз ийелери

Жаслар- келешегимиз,ертеңимиз ийелери. Мәмлекетимиз сиясатының тийкары да әйне жасларға бағышланған.Бул бағдарда Қоңырат районында да  жаслардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Жаратылып атырған имканиятлар нәтийжесинде район жаслары илим-пән, көркем өнер, спорт тараўларында мақтанса арзырлық жетикенликлерге ериспекте.

Жақсы нәтийжелерге ерисип атырған жаслардың қатарын кеңейтиў, олардың тәжирийбелерин ғалабаластырыў, машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде
Қоңырат  районы ҳәкими Бекзод Мадаминов ҳәм
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими баслығы Э.Исматов қатнасыўында  жаслар менен ушырасыў болып өтти. Илажға оқыў ҳәм жумыс искерлигинде, спорт тараўында жоқары нәтийжелерге ерискен, өзиниң жоқары билими ҳәм қәбилети менен Ўатанымыздың раўажланыўына ылайықлы үлес қосып киятырған белсенди жаслар мирәт етилди.

Район ҳәкими  алдыңғы ушырасыўларда жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында билдирилген басламалардың орынланыўына тоқтап өтти.

Перейти к содержимому