Бугин Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын нәўбеттеги көшпели қабыллаўы болып өтти.Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениý, оларды қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыý мақсетинде өткерилген көшпели қабыллаýда келип түскен ҳеш бир мүрәжат итибарсыз қалдырылмады.Мүрәжат еткен пуқаралардың шағымлары,усыныс ҳәм тилеклери үйренилип,көпшилигине шешим табылды.Қабыллаýда пуқаралардан үй-жай,ден саýлығын тиклеý,кадастр,экология,жолларды оңлаý,медициналық жәрдем,кредит алыý мәселелери бойынша
мүрәжатлар келип түсти.Шешими ýақыт пенен үйрениýди талап ететуғын мүражатлардың орынланыýы қадағалаўға алынды.