9- декабрь – Халық аралық коррупцияға қарсы гүресиў күни

Коррупция — бул жəмийетти түрли жоллар менен раўажланыўдан артта қалыўына алып келетуғын ең унамсыз факторлардан болып табылады. Бул иллет демократия ҳəм инсан ҳуқықлары үстинлигине зыян жеткереди, жəмийетте инсан ҳуқықларының айныўына алып келеди, базар қатнасықларын изден шығарады, адамлардың турмысдың дәрежесин төменлетип, жəмийет турақлылығына қəўип салады.
Коррупция жəмийетте əдалатсызлық, теңсизлик ҳəм халықтың наразылығына алып келеди, бул болса барлық тараўдағы реформалардың нəтийжесине унамсыз тəсир етпестен қалмайды. Пуқараларымызда ҳуқықый аң ҳəм ҳуқықый мəденият жеткиликли дəрежеде емеслиги, өз  ҳақ- ҳуқықын қорғай алмаўы  да коррупцияның раўажланыўына себеп болады.
Бул зыянлы ҳəдийсе үлкен ҳəм киши, бай ҳəм жарлы болыўынан қарамастан, барлық мəмлекетлерде ушырасады. Коррупция иллетин сапластырыў бойынша дүнья мəмлекетлери тəрепинен бир қатар нəтийжели жумыслар əмелге асырылып атырған болса да, елеге шекем бул иллеттиң тамырына балта урылмады.

2017- жыл 3- январьда “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы 419 -санлы  Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилген. Бул Нызамға муўапық, Өзбекстан Республикасының Бас прокуратурасы, Мəмлекет қаўипсизлик хызмети, Ишки жумыслар министрлиги, Әдиллик министрлиги, Бас прокуратура жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти коррупцияға қарсы гүресиў бойынша искерликти тиккелей əмелге асырыўшы мəмлекет шөлкемлери ретинде белгилеп қойылған.
Коррупцияға қарсы гүресте жəҳəн мəмлекетлери тəжирийбесин үйрениў соны көрсетеди, тек ғана жынаят нызамшылығын күшейтиў жолы менен бул унамсыз иллетке қарсы гүресип болмайды. Бул иллетти жеңиў ушын биринши нəўбетте пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығын асырыў, бəринен бурын шаңарақта перзентлер тəрбиясында жаслықтан ҳадаллықға, туўрылыққа үйретип, еркин пикирлеўине итибар бериў, өзгелердиң ҳақысына қыянет үлкен гүнə екенлигин аңлатыў, жəмийетте жүз берип атырған процесслерге бийпарық болмаў, бəрҳəма əдалат қəлиплесиўи кереклигин санасына сиңдирип барыў керек. Соның менен бирге, пуқаралық институтлары искерлигин күшейтиў, коррупцияға қарсы гүресиў менен тиккелей шуғылланатуғын ҳуқық қорғаў шөлкемлери бул иллетке қарсы гүресиўи, оның профилактикасын күшейтип барыўы зәрүр болады.
Қысқаша етип айтқанда, коррупция – раўажланыўды жемиретуғын, қаўипсизликке қәўип туўдыратуғын аўыр жынаят. Бул иллетке қарсы гүресиў тийисли органлардың ғана емес, бəлким бәршениң ўазыйпасы болыўы зəрүр.

О. Р. Бабажанов.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана  Басқармасы “Қоңырат” ТИФ бажыхана
посты инспекторы.

 

Skip to content