Сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыўда көмеклесиў, озық ойлы, физикалық жақтан шыныққан, ана Ўатанға мухаббат руўхында тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.
Әсиресе, елимиздиң байрағын дүньяға танытыўда салмақлы үлес қосып атырған спорт тараўына айрықша дыққат аўдарылып, спортшыларымыздың мийнетлери барқулла итибарға алынып келинбекте. Бул бағдарда елимизде футболды раўажландырыў ҳәм оны ғалабаластырыў бойынша да бир қатар жумыслар әмелге асырылып атыр.
Жақында республикамыздың Арал командасы жемисли жүрисин даўам етип, Про Лигада ойнаў имканиятын жеңип алған еди.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Арал командасы ағзалары менен ушырасып, Про Лига ойынлары алдынан футболшыларға әўмет тиледи ҳәм қарақалпақстанлы футбол ықласбентлери олардан жақсы нәтийжелер күтип қалатуғынлығын билдирди.
Сондай-ақ, ушырасыўда Арал футбол командасына жаңадан қабыл етилген футболшылар таныстырылып, майданда ойнаў тәртип номерлери түсирилген ойын формалары тапсырылды.
Ш.Насимов – дәрўазаман-Шортан (Қашқадәрья)
Ғ.Сарибоев – қорғаўшы-Туран (Ферғана)
О.Ражабов – қорғаўшы-Насаф (Қашқадәрья)
С.Қутыбаев – ярым қорғаўшы-Нефьтчи (Ферғана)
Ш.Туропов – ярым қорғаўшы-Қызылқум (Наўайы)
А.Юсупов – ҳүжимши-Бухара (Бухара)
Т.Усмонов – ҳүжимши-Бухара (Бухара)
Атап өтилген футболшылар жоқарыда көрсетилген командалардан Арал командасына тартылған болып, Про Лига ойынларында футбол командамыз атынан майданға түседи.
Соныда айрықша атап өтиў керек, Қарақалпақстан футбол ассоциациясы, «Жайхун» ҳәм «Арал» профессионал футбол клубын қоллап-қуўатлаў, олардың физикалық шынығыўларды алып барыўын тәмийинлеў ушын инвентарлар, спорт кийимлерин алыў, зәрүр дәри-дармақлар ҳәм аўқатланыў рационына тийкар өнимлер менен тәмийинлеў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен 11,0 млрд. сум қаржы ажыратылды. Соның менен бирге, ҳәр бир жеңиске ерискен ойынында хошаметлеп барыў мақсетинде 280 млн сум қосымша қаржы ажыратылды.
Өз нәўбетинде, ушырасыў даўамында футбол командасы тренерлери ҳәм ойыншылар Жоқарғы Кеңес Баслығына көрсетилип атырған итибар ушын миннетдаршылығы шексиз екенлигин атап өтти ҳәм билдирилип атырған исенимди ақлаўға бар қуш-жигерин жумсайтуғынлығын айтып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети