Ҳалық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси депутаты Б.Аллияров сайлаӯ округинде сайлаўшылар менен ушрасып, оларлың машқалаларын үйренди. «Мыңжарған» МПЖ аймағындағы «Саранша» аӯылы турғынлары аймақты таза ишимлик суӯы менен тәмийинлеўде әмелий жәрдем көрсетиўин сорап депутатқа мүрәжат етти.
Аймақ турғынларының мүрәжаты депутат тәрепинен толық үйренип шығылып, тийисли уйымларға депутатлық сораўнама жиберилди ҳәм Азия раӯажланыӯ банки қаржылары есабынан Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы аймағында жайласқан суӯ тармақларын реконструкция етиӯ ҳәмде жаңадан тартыӯ бойынша дәстүрге киритилиўи тәмийинленди. Дәстүр тийкарында «Мыңжарған» МПЖ аймағында жәми 5,8 километр ишимлик суӯ тармағын жаңадан тартыӯ жумысларының алып барылыӯы режелестирилмекте.