Қоңырат районы Юридикалық хызмет көрсетиў орайы хызметкерлери тарепинен, Қоңырат районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими ҳәмде бөлимге қараслы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде ислеўши хызметкерлер ортасында семинар болып өтти.
Семинарда θзбекстан Республикасы Президентиниң “Юридикалық хызмет көрсетиў орайларының искерлигин жәнеде кеңейтириў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-173-санлы Қарарына тийкар
2022-жыл 01-август сәнесинен баслап басқышпа-басқыш юридик хызмет бенен тәминленбеген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине юридикалық хызмет көрсетиў юридикалық хызмет көрсетиў орайлары тәрепинен хызмет көрсетилиўи белгиленген.
Сол себепли орай хызметкерлери тәрепинен «Е-ҳуқуқшунос» электрон системасы арқалы ҳүжжет жибериў, жиберилген ҳүжжетлерди қабыллап алыў ҳәм бул системаның қолайлықларының бири мәкеме ҳәм шөлкемлерде Нызам үстинлигин тәминлеў қағазбазлыққа шек қойыўдан ибарат екенлиги ҳәққында түсиниклер берилди.
Сораў-жуўапларға бай болған семинарда мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде ислеўши хызметкерлер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.