Ҳәр жылы бәҳәр келиўи менен көшелер,мәҳәллелерди абат етиў,әтирапты азада, тәртипли жағдайға келтириў өзгеше дәстүрге айланған.
Қоңырат районында Наўрыз улыўма халықлық байрамын ҳәм мүбәрек Рамазан айын көтериңки кейпиятта өткериў мақсетинде бүгин
“Абат шаңарақ- абат көше- абат мәҳәлле” принципи шеңберинде абаданластырыý ҳәм көклемзарластырыý жумысларына старт берилди.
Усы мүнәсибет пенен кең жәмәәтшилик ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген илажда район ҳәкими Бекзад Мадаминов сөзге шығып,
көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумысларын жеделлестириў арқалы экологиялық апатшылықтың кери тәсирин азайтыўға ерисиў мүмкинлигине тоқтап өтти. Сондай-ақ, елимизде жәрияланған “Әҳмийетли бир айлық” шеңберинде пуқаралардың үй алды қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыўын шөлкемлестирген ҳалда халықтың дәраматларын асырыў ҳәм кәмбағал шаңарақлар менен мәнзилли ислеў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берди.
Шембилик даўамында көше- қыябанлар, қәбиристанлар абаданластырылады, ҳәр бир мәҳәлледе азадалық жумыслары алып барылады.
Әзийз Қоңыратлылар!
Бүгинги шембиликке бәршемиз белсене қатнасайық!
Мәҳәллемиздиң, көшемиздиң тазалығына бийпарық болмайық!