#Қабыллаў
Мәмлекетимизде пуқаралар менен жақын байланысты орнатыў, пуқаралардың мүрәжат ҳәм машқалаларын үйрениў мақсетинде сектор басшылары тәрепинен белгиленген режеге тийкар пуқаралар мүрәжаиларын қабыллаў илажлары шөлкемлестирилип, олардың машқалалары тыңланбақта ҳәм оларды сапластырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Әйне усы мақсетте бүгин 1-сектор штабында белгиленген режеге тийкар пуқараларды қабыллаў илажы болып өтти. Онда районымыз ҳәкими Б.Мадаминов тийисли тараў басшылары менен биргеликте пуқаралар мүрәжатларын тыңлады.
Қабыллаўда пуқаралар исбилерменлик жумысларын баслаў ушын кредитлер ажыратыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў, ишки жолларды реконструкция қылыў сыяқлы мәселелер бойынша район ҳәкимине мүрәжат етти. Айырым мүрәжатларды сол орынның өзинде сапластырыў илажлары көрилген болса, үйренип шығылыўы ушын қосымша ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети