Өзбекстан Республикасының Миллий статистика системасын бунан былайда жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар статистика тараўы  искерлигинде де өзиниң унамлы нәтийжелерин көрсетпекте. Соңғы жылларда Статистикалық мағлыўматлардың ашықлығы ҳәм туўрылығына ерисилди, пайдаланыўшыларға зәрүр болған статистикалық мағлыўматларын еркин алыў имканияты жаратылды. Ҳәм бул нәтийжелер халықаралық статистика шөлкемлери тәрепинен жоқары баҳаланбақта.

Өз нәўбетинде статистика мәкемелери искерлигинеде жетилистириў ҳәм миллий статистика системасын комплекс раўажландырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысының арнаўлы қарары қабыл етилди ҳәм бир қатар актуал мәселелер шешимине қаратылды:

Бириншиден, статистика мәкемелери әсересе, сыпатлы ҳәм исенимли статистика мағлыўматлары тийкарғы дереги сыпатында аймақлық бөлимлердиң искерлигиниң ғәрезсизлигин тәмийинлеў нормалар белгиленди:

Екиншиден, Мәмалекетлик статистика комитетиниң миллий статистика системасындағы муўапықластырыўшы роли беккемленди, министрлик ҳәм мәкемелердиң ғалаба хабар қуралларына тосқынлықларсыз байланысыў, барлық статистика малыўматлары ислеп шығарыўшылардың статистика методологияларын улыўмаластырыў ҳәм халықаралық стандартларға масластырыў бойынша аудиттен өткериў ҳуқықы берилди;

Ушиншиден, статистика системасын раўажландырыўда белсене қатнасыў ушын Статистика кеңеси ҳәм Жәмәәтшилик Кеңеслериниң искерлиги қайта тикленди.

Мәмлекетимиз тарйхында биринши мәрте 2025 жылға шекем статистиканы раўажландырыўдың миллий стратегиясы тастыйықланды. Усыған муўапық, норматив-ҳуқықый тийкарлар ҳәм инфроструктураны жетилистириў, статистика мағлыўматларын ислеп шығарыўшылар ҳәм пайдаланыўшылар ортасындағы мүнәсибетлерди жақсылаў, искерликке байланыслы АКТларын енгизиў, кадрлар таярлаў ҳәм қәнийгелигин асырып барыў мәселелери раўажланыўдың тийкарғы жөнелислери сыпатында белгиленди.

Жәҳән банкиниң мәмлекетлердиң статистика дәрежесин индекси бойынша баҳалаўы нәтийжелеримизди баҳалаўдың тийкарғы индикаторы сыпатында қаралады.

Соның менен бирге «Халықты дизимге алыў» хаққындағы 2020-жыл             16-марттағы УРК -611 санлы Ѳзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилген болып 2022-жылы Республикамызда соңы 30 жыл ишинде биринши мәрте халықты дизимге алыў ѳткериледи. Ендиликте ҳәр 10 жылда бир мәртебе халықты дизимге алыў ѳткерилип барады.

Қоңырат районы Статистика бөлими

 

 

Skip to content