Өзбекстан Республикасының сыртқы сиясаты мəмлекетлердиң суверен теңлиги, күш ислетпеў ямаса күш пенен қорқытпаў, шегаралардың бузылмаўы, мəмлекетлердиң аймақлық пүтинлиги, даўларды тыныш жол менен шешиў, басқа мəмлекетлердиң ишки жумысларына араласпаў, өз қәўипсизлигин басқа мəмлекетлер қәўипсизлиги есабына беккемлеўге жол қойылмаўы, халық аралық миннетлемелерди ҳүждан менен орынлаў принциплерине ҳəм халық аралық ҳуқықтың дунья жәмийетшилиги тәрепинен тəн алынған басқа принциплери ҳəм нормаларына тийкарланады.
Өзбекстан Республикасы өз тарийхында экстремизм ҳəм терроризм менен байланыслы жағдайларға бир неше мəрте дус келген. Бул бағдарда қәўип- қәтерлер сақланып қалып атырғанын есапқа алған ҳалда, Өзбекстан Республикасы кең жəмийетшилик ҳəм халық аралық жəмийетшилик пенен биргеликте экстремизм ҳəм терроризм және оларды финанслық тəмийнлеўге қарсы гүресиўге қаратылған комплекс илажларды əмелге асырады. Эстремизм ҳəм терроризмге қарсы гүресиўдеги əмелдеги тəжирийбе, соның менен бирге, регион мəмлекетлериндеги қәўиплерге қарсы гүресиў бойынша жағдайдың ретроспектив ҳəм салыстырмалы анализлери соны көрсетпекте, Орайлық Азияда экстремистлик ҳəм терроршылық ҳәрекетлери, миллетшилик (миллий), социаллық, диний ҳəм сиясий идеялар астында əмелге асырылмақта.
Жаслар ҳуқықлары бойынша БМШ ниң Халық аралық Конвенциясын ислеп шығыў ҳəм Бас Ассамблеяның “Билим ҳəм диний кеңпейиллик” арнаўлы резолюциясын қабыллаў басламасы алға қойылған Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. М. Мирзиёевтың БМШ ниң Бас Ассамблеясының 72-сессиясындағы баянаты экстремизм ҳəм терроризмниң жүзеге келиў себеплерин, соның менен бирге, олардың алдын алыў жолларын түсиниўде зəрүрли əҳмийетке ийе болды.
Өзбекстан Республикасының экстремизм ҳəм терроризмге қарсы гүресиў бойынша 2021 – 2026 -жылларға арналған Миллий стратегиясы қабыл етилген болып, экстремизм ҳəм терроризмниң регионда тарқалыўы ушын тийкарғы себеп ҳəм шараятлар да, экстремист ҳəм терроршылар өзлериниң бузғыншы искерлигинде пайдаланатуғын түрли социаллық, экономикалық, сиясий, идеологиялық ҳəм басқа факторлар да инабатқа алынған. Стратегияның мақсети Өзбекстан Республикасы конституциялық басқарыў принцпин қорғаў, миллий қәўипсизлик, соның менен бирге, пуқаралардың бул тараўдағы ҳуқықлары ҳəм еркинликлерин тəмийинлеўге мүмкиншилик беретуғын экстремизм ҳəм терроризмге қарсы гүресиў бойынша нəтийжели ҳəм бир ўақыттың өзинде муўапықластырылған мəмлекет сиясаты əмелге асырылыўын тəмийинлеў болып табылады.
Тағы да атап өтиў керек, тынышлықты уллы инам деп жəриялаған динимизде бул жолда тек ғана əмел менен емес, бəлки сөз бенен де зыян келтириўден қайтарылған. Сол көз -қарастан, пуқараларымыз журтымызда тынышлық – қәтержамлықты абайлап -асыраў жолында мəмлекетимизде тийисли органлар тəрепинен əмелге асырылып атырған ҳəрекетлерди қоллап- қуўатлаўы ҳəм қолынан келгенше оларға жəрдем бериўи керек.
Қәўиплердиң алдын алыўға қаратылған әйне усындай илажлар нәтийжесинде журтымыз тыныш, аспанымыз ашық.
Солай екен, журтымызда ҳүкимлик етип турған тынышлықты ҳəм пәраўанлықты асыраў, оның ғəрезсизлиги ҳəм турақлылығына ылайықлы үлесмизди қосыў – ҳəр биримиздиң, усы əзиз ўатанда жасап атырған барлық пуқаралардың, мəмлекет ямаса жəмийетлик шөлкеминде ислеўи, исбилермен ямаса басқа кəсип ийеси болыўынан қарамастан, ең тийкарғы ўазыйпаларынан болыўы лазым.
Маржан Сейтбаева
Қоңырат районы əдиллик бөлими
Юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юристконсульти