Бүгинги күнде Республикамызда алып барылып атырған реформалар ҳəм жаңадан қабыл етилип атырған нызамларды билиў ҳəм оған əмел етиў ҳəр бир Өзбекстан пуқарасының миннети.
Себеби, нызамларды билмеў жазадан азат етиў ушын тийкар болмайтуғынлығын ҳəр биримиз түсинип жетиўимиз зəрүр.
Сол қатарда 2023- жыл 4-апрельде қабыл етилген “Өзбекстан Республикасының Мəмлекет шегарасы ҳаққында” ғы нызамда Өзбекстан Республикасы Мəмлекет шегарасы ҳаққында түсиник берилип, шегара зонасы ҳəм шегара регионының тарифлери белгилеп берилген. Бул нызамды мəмлекетимиздиң ҳəр бир пуқарасы, əсиресе Мəмлекет шегарасы жанында жасаўшы ҳəм ҳəр қыйлы искерлик менен шуғылланыўшы пуқараларымыз билиўи зəрүр.
2024- жылдың август айы ақырларында Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районының Қазақстан Республикасы менен шегаралас
жеринде Бабаев Батыр ҳəм Мəмлекетова Севара (адам атлары өзгертилген) арқайын ҳəрекетленип жүрген. Өз гезегинде бул пуқаралар Мəмлекет шегарасы аймағындағы режим қағыйдаларын бузғанлығы ушын шегара əскерий хызметкерлери тəрепинен қолға алынған ҳəм Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 224- статьясы 1-бөлими бойынша базалық есаплаў муғдарының 1 есеси муғдарында жəрийма жазасы тайынланған.
Соны да айтып өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Мəмлекет шегарасы мүхаддес болып табылады, буны ҳəр бир пуқара билиўи ҳəм шегара регионында белгиленген режим қағыйдаларына қатаң əмел етиўи керек. Кери жағдайда, Ж. Бабаев ҳəм С. Мəмлекетоваларға усап, белгиленген тəртипте жазаға тартылады.
Г.Каражанова.
Журналист