Ишки ислер органлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Қоңырат районында «Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти. Илажда район ҳәкими Бекзод Мадаминов сөзге шығып, тараў пидайыларын ҳәм ветеранларын бүгинги байрам мүнәсибети менен қутлықлады.Илажда атап өтилгениндей, тараў хызметкерлериниң жәмийетлик тәртипти ҳәм тынышлықты сақлаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында өз тынышлығынан, керек болса жанынан кешип әмелге асырып атырған пидайы хызметлери барқулла қәдирленеди ҳәм айрықша ҳүрметленеди.Айтып өтиў керек, соңғы жылларда елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында ишки ислер уйымларының жумыс нәтийжелилигин және де арттырыў, тараўды инсаныйлық ҳәм халықшыл системаға айландырыў, ашық-айдынлық орталығын күшейтиў, бул жолда аянбай мийнет етип атырған тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў мəселелерине мəмлекетлик дəрежеде итибар қаратылмақта.Тараў хызметкерлери өз ўазыйпасын минсиз атқарыў жолында, халқымыздың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин сақлаў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў сыяқлы көплеген бағдарлар бойынша ийгиликли жумыслар алып барып атыр.Өткерилген байрам салтанатында усындай жуўапкершиликли ўазыйпаларды атқарып атырған бир топар тараў ўәкиллери ҳәм ветеранлар район ҳәкиминиң ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.Байрам илажы мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Skip to content