Қоңырат районы ҳәкимлигиниң рәсмий жуўабы

Қоңырат районы “Қыпшақ” аўыл пуқаралар жыйыны турғынларының газ ҳәм ишимлик суў тармағындағы машқалалар бойынша социаллық тармақлардың биринде жәрияланған видеомүрәжаты жүзесинен Қоңырат районы ҳәкимлиги төмендегилерди мәлим етип билдиреди:

Бәршемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-апрельдеги “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-5048-санлы қарары тийкарында 2021-жылы Қоңырат районы аймағынан “Абат аўыл” бағдарламасына “Өрнек” ҳәм “Қыпшақ” аўыл пуқаралар жыйынлары усыныс етилди. Бул аўылларда жасаўшы халықтың турмыслық дәрежесин жақсылаў, олардың дәрамат дереклерин жаратыў, аўыллардың архитектуралық көринисин жаңалаў ҳәм аймақларды абаданластырыў бойынша жәми 18 млрд. 402 млн. 180 мың сўм қаржы ажыратылды. Ажыратылған қаржылар есабынан қурылыс жумыслары әмелге асырылып, “Қыпшақ” АПЖ аймағында баҳасы 926 млн. сўм болған 6,8 км. ишимлик суў тармақларын тартыў жумыслары “Қоңырат мелиоратор” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылып, пайдаланыўға тапсырылды. Бирақ, тартылған орайлық суў тармақларыныӊ 2,9 км бөлегиндеги қубырлар сапасызлығы себепли орайласқан тармақта тез-тезден жарылыў жағдайлары жүз бериўине байланыслы ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен “Қоңырат мелиоратор” ЖШЖ басшыларына қарата жынайый ис қозғатылғанлығын мәлим етип билдиремиз.

Пуқаралардыӊ мүрәжатында айтып  өтилгениндей, “Қыпшақ”АПЖ аймағына тәбийий газ тармақларын тартыў жумыслары “Абат аўыл” бағдарламасына киргизилмегенлиги мәлим болды. Соныӊ менен бирге, тәбийий газ мәселесинде “Басламалы бюджет” бағдарламасыныӊ 2023-жыл 1-басқышында “Қыпшақ” АПЖ дағы “Бестам” ҳәм “Мақсым” аўылларына АГРСтен 5 км аралықтан тәбийий газ бенен тәмийинлеў жойбары жеӊимпаз болып, бағдарлама тийкарында 1,2 млрд.сўм қаржы ажыратылды.
“Аймақгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалыныӊ 2023-жыл 20-июль күнги 28-02-07-895/2346-санлы ҳәм “Ҳудудгазтаъминот” акционерлик жәмийетиниӊ 2023-жыл 13-ноябрь күнги 03-14/9728-санлы хатларына муўапық, бул аймақ Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2015-жыл 7-июльдағы ПҚ-2367-санлы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ 2015-жыл 7-августтағы 197-санлы қарары ҳәм район ҳәкиминиӊ 2015-жыл 15-июнь күнги 49-Б-санлы бийлиги тийкарында газ басымы толық жетип бармайтуғынлығы себепли тәбийий газ бенен тәмийинлеўши газ тармағынан ажыратылып, суйылтылған газге ийкемлестирилгенлиги ҳәмде тәбийий газ лимити берилмейтуғынлығы себепли бул жойбарды әмелге асырыў имканы жоқ екенлигин мәлимлеймиз.

Мағлыўмат орнында соны да қосымша етип айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеӊесиниӊ 2021-жыл 22-апрель күнги КҚ-213-IV-санлы қарары 241-бәнтине муўапық жеӊимпаз деп табылған жойбарларды әмелге асырыўда жүзеге келген техникалық машқалалар себепли ямаса бул жойбарларды әмелге асырыў бойынша басқа дереклер есабынан қаржылар ажыратылыў жағдайы гүзетилгенде жеӊимпаз деп табылған жойбарлар “Пуқаралар басламалы фонды” есабынан қаржыландырылмайды ҳәм бул жойбарлар ушын ажыратылыўы нәзерде тутылған қаржылар “Пуқаралар басламалы фонды”на қайтарылыўы ҳәм бул қаржылар шеӊберинде басқа жеӊимпаз жойбарларды анықлаўға жол қойылмайтуғынлығы көрсетилген.

Skip to content