Энергия ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў- ўақыт талабы

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.А.Таджиев Қоңырат районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Энергия ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” ғы ПҚ-222- санлы қарарының орынланыўы ҳәм жанылғы-энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, энергия үнемлеўши газ ошақларынан пайдаланыў, морыларды тазалаў, гүз- қыз мәўсимине таярлық ҳәм экономика көрсеткишлериниң ҳақыйқыйлығы менен танысып шықты. Атап айтқанда, Қоңырат районы газ қубырлары басқармасы қәрханасы, Қоңырат ТСТБ, Қоңырат темир жол узели басқармасы кәрханаларында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен көрсетип берилген “Энергетика қәўипсизлиги- Мәмлекет қәўипсизлиги” принципи тийкарында жумысларды шөлкемлестирип, дәслеп энергетикалық балансты қәлиплестириў, ресурслардың үнемлилигине ерисиў ҳәм урлықтың ақыбети менен емес, бәлким алдын алыў менен шуғылланыў лазымлығы атап өтилди.

Skip to content