Елимиздеги барлық билимлендириў шөлкемлеринде жаңа 2024- 2025- оқыў жылы көтериңки кейпиятта басланды. Қоңырат районындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде де дәслепки оқыў жылының биринши қоңыраўлары қағылып, “Биз бир болсақ- бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз!” ураны астында ғәрезсизлик сабақлары өтилди.Район ҳәкими Б.Мадаминов райондағы 43- санлы улыýма орта билим бериý мектебинде болып, мектеп жәмәәтин, ата-аналардыө ҳәм оқыўшыларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.1-класс оқыўшыларына арнаўлы Президент саўғасы- оқыў қуралларынан ибарат топламлар салтанатлы жағдайда тапсырылды. Мектеп оқыýшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға үлкен заýық бағышлады.Быйылғы оқыў жылында райондағы 49-мектепте 2308 оқыўшы туңғыш рет мектеп босағасына қәдем таслады.