Аралбойында жаңаша индустрия ҳәм исбилерменлик руўхы

Қарақалпақстан Республикасында самал электр станциялары ҳәм санаат кәрханалары қурылысы басланды, саўда комплекслери иске түсирилди.Усы мүнәсибет пенен өткерилген мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанның экономикалық раўажланыўы ҳаққында шығып сөйледи.Буның ушын аймақта кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Соңғы бес жылда санаат, исбилерменлик ҳәм инфраструктура тараўларында 50 ден артық жеңилликлер берилген. Соннан, инвестиция жойбарларын әмелге асырыў ушын туўрыдан-туўры жер ажыратыў ҳуқықы тек ғана Қарақалпақстанда енгизилген. Баҳасы 50 миллиард сумнан жоқары жойбарларға инфраструктура да тартып берилмекте.Жеңилликлер есабына өткен дәўирде исбилерменлер ықтыярында 2 триллион сумнан артық қаржы қалған.Аймақта исбилерменлик инфраструктурасын жақсылаў ушын 44,5 триллион сум қаржы бағдарланған. Нәтийжеде ақырғы жылларда 25 мыңнан артық жаңа исбилерменлик субъекти пайда болған.Бир ғана өткен жылда 345 миллион долларлық 1 мың 400 ден артық жойбар әмелге асырылып, 10 мыңнан артық жаңа жумыс орны жаратылды. Усы жылдың биринши ярымында 730 миллион доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилди.Қарақалпақстанда сырт ел капиталы менен шөлкемлестирилген кәрханалар саны да көбейип бармақта. 2017-жылда 73 сырт ел ҳәм қоспа кәрхана болған болса, бүгинги күнде олардың саны 175 ке жетти.Ҳәзирги ўақытта аймақ экономикасына түртки бериўши дерлик 9,5 миллиард долларлық 120 дан артық жаңа ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Усы жойбарлар 2025-2028-жылларда басқышпа-басқыш иске түсириледи. Нәтийжеде 20 мыңнан артық жумыс орны, 12 триллион сумлық ислеп шығарыў қуўатлылығы ҳәм бюджетке 500 миллиард сум қосымша түсим жаратылады.

 

Skip to content