“Басламалы бюджет”те жеңимпаз болған жол асфальтланбақта

2024-жыл 1-мәўсиминде «Басламалы бюджет» жойбары шеңберинде Қоңырат районының “Көкдәрья”аўыл пуқаралар жыйынын район орайы менен байланыстырыўшы жолдың оңлаў талап аҳўалға келип қалғаны бойынша усыныс жоқары даўыс жыйнап, бул жойбар жеңимпаз болған еди.
Ҳәзирги күнде бул жолдың 1 км 250 метр аралығына қара  асфальт жатқызыў жумыслары Тахиатас жоллардан турақлы пайдаланыў кәрханасының Қоңырат районы шақапшасы жумысшылары тәрепинен қызғын алып барылмақта.
Қурылысшылар жол қурылысын қысқа мүддетте сапалы питкерип, елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына аўыл халқына байрам саўғасы ретинде пайдаланыўға тапсырыўды нәзерде тутқан.

   

Skip to content