Онда 2024-жылдың 6 айы даўамында аймақта жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўдағы ҳуқық қорғаў уйымлары жумыслары кеңнен додаланып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды. Жыйналыста тастыйықланыўынша, аймақта улыўма жынаятшылық 9,9 процентке өскен, соның ишинде жүдә аўыр жынаят, аўыр дене жарақатын жеткериў, жалған хабар бериў, алдаўшылық, шаңарақлық зорлық, бийзарылық жынаятлары асқан.
Жынаятлардың салмақлы бөлеги “Қарақалпақстан” ППЖ (9), “Қоңырат” МПЖ (14), “Азатлық”МПЖ (9), “Санаат”МПЖ (3), “Жаслық” ППЖ (5) ларға туўра келеди. Алдын алыў мүмкин болған яғный мәҳәлледе жүз берген жынаятлар есабынан аймақтағы 39 та мәҳеллениң 4 еўи (10,2%)”қызыл”, 13 и (33,3%) “сары” ҳәм 22 си (56,4%) “жасыл” тайпаларға киргизилген. Жас өспиримлер, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар жынаятшылығы асқаны айрықша атап өтилип, тийисли тараў ўәкиллериниң түсиндирмелери тыңланды.
Жыйналыста жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бағдарындағы машқалаларды шешиўге комплекс жантасылмағаны айрықша тастыйықлап өтилди. Жыйналыста жол қойылған қәте-кемшиликлер сын көз қараста кеңнен додаланып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.