Президентимиздиң басламасы менен турмысқа енгизилген бул идея мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың мазмунын қурайды. Әйне соның ушын халықтың турмыс абаданлығын асырыý, олардың бүгининен разы болып жасаýын тәмийнлеý, ертеңги күнин және де жарқын етиý мақсетинде мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бар күш ҳәм имканиятлары жумсалмақта.Бүгин Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти.Қабыллаўға келген пуқаралар үй-жайларын оңлаý, материаллық ҳәм медициналық жәрдем, кредит қаржыларын ажыратыў, кадастр хызмети, бәнтлик сыяқлы машқалалары менен район ҳәкимине мүрәжат етти. Қабыллаý даýамында пуқараларды толғандырып жүрген машқалалары тыңланды. Машқалалардың көпшилиги сол жердиң өзинде тийисли уйымлардың қатнасыýында өз шешимин тапты.