30-июль- Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен
район орайындағы Жаслар дем алыў бағында байрам илажы болып өтти.
Илажда район ҳәкими Бекзод Мадаминов сөзге шығып, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады. Тастыйықлап өтилгениндей, Өзбекстан -үлкен имканият ҳәм ресурсларға ийе болған мәмлекет. Лекин бизиң ең үлкен байлығымыз-түрли миллет ҳәм конфессиялар ўәкиллери ортасындағы тынышлық ҳәм турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик.
Конституциямыз ҳәм нызамларымызда Өзбекстан Республикасының пуқаралары ,миллети, тили ҳәм динине қарамастан ,тең ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе екенлиги белгилеп қойылған. Оларға өз мәденияты, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерин раўажландырыў ушын барлық имканиятлар жаратылған.Байрам илажында түрли миллет ўәкиллериниң талантлы эстрада қосықшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы тамашаланып, онда туўысқан халықлардың тиллеринде Ўатан, дослықты жырлаўшы қосық-намалар жаңлады.