Қоңырат районында «Мәнаўият фестивалы» көтериңки руўхта болып өтти

Қоңырат районында «Биз бир болсақ — халықпыз, бирлессек — Ўатанбыз!» сүрени тийкарында  «Мәнаўият фестивалы» болып өтти. Онда елимизге белгили шайыр-жазыўшылар, көркем өнер ҳәм мәденият тараўының ўәкиллери, «Мәрипат» үгит-нәсиятшылар жəмийетиниң ағзалары Мәденият орайында район халқы менен ашықтан-ашық сәўбетлести. Бир неше орында болып өткен фестиваль даўамында үгит-нәсиятшылар топары ағзалары халқымыздың кеўлине қонымлы қосықлары,  шенде-шен ушырасатуғын талантлары менен қатнасыўшылардың қәлбине бир әлем заўық ҳәм йош бағышлады. Көркем өнер шеберлери, елимиздиң сүйикли қосықшылары қатнасыўындағы гала концерт район халқының мәдений дем алыўына тийкар болды.

 

 

 

Skip to content