Қоңырат районында мектеп питкериўшилерине алтын ҳәм гүмис медальлар тапсырыў мәресими болып өтти.Илажға Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасарлары, райондағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң питкериўши жаслары ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.Илаж даўамында улыўма орта билим бериў мектеплерин айрықша баҳаларға тамамлап, оқыўда, жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқан питкериўшилерге алтын, гүмис медальлар менен биргеликте район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлығы ҳәм саўғалары тапсырылды.2023-2024-оқыў жылында Қоңырат районында жәми 1495 оқыўшы улыўма орта билим бериў мектеплерин питкерип атырған болса, соннан 28 питкериўши гүмис медаль ҳәм 66 питкериўши алтын медаль менен мектепти тамамламақта.