Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң рәсмий жуўабы

Социаллық тармақлардың биринде жәрияланған”Бизде басқаша”атамасындағы сын көз-көз қарастағы мақаладағы Қоңырат районы “Қарақалпақстан”көшесиндеги пиядалар жолларын оңлаў бойынша мүрәжат тийисли тәртипте үйренип шығылды. Қоңырат районы орайындағы Қарақалпақстан көшесиниң архитектуралық көринисин заманагөйлестириў ҳәм абаданластырыў жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси “Бирден-бир буйыртпашы хызмети” мәмлекетлик унитар кәрханасының буйыртпасы менен баҳасы 1млрд 769 млн.сўм болған 2,637 км аралықтағы пиядалар ҳәм велосипед басқарыўшылар жолын қурыў жумыслары тендер саўдалары нәтийжесине көре “ARQA BATÍS QURÍLÍS” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленген.
Район ҳәкимлиги тәрепинен буйыртпашы Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңесиниң “Бирден-бир  буйыртпашы хызмети” мәмлекетлик унитар кәрханасына тамамланбаған қурылыс жумысларын жуўмақлаў  жүзесинен хат жолланғанлығын ҳәм қурылыс жумыслары жақын арада даўам еттирилиўин мәлим етемиз.

Skip to content