“2024-жылы ипотека кредитлерин ажыратыў механизмлерин жетилистириў ҳәм халықтың турақ жай шараятларын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында” ғы Президент Пәрманы (ПП-70-санлы, 30.04.2024 ж.) қабыл етилди.
Пәрманға бола, базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасы (Бағдарлама) шеңберинде, төмендегилер әмелге асырылады:
— аймақларда 100 мың квартирадан ибарат болған көп қабатлы турақ жайлар қурылады;
— қурылыс шөлкемлерине базар принциплери тийкарында ажыратылған кредитлер бойынша компенсация ҳәм кепилликлер бериледи;
— көп қабатлы турақ жайларды қурыў процесслерине “жасыл” турақ жай стандартлары енгизиледи;
— ипотека кредитлерин қаржыландырыўға кеминде 17 триллион сум қаржы қаратылады;
— кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламасына киргизилген ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған шахсларға жеке тәртиптеги турақ жай қурыў, реконструкциялаў ҳәм оӊлаў ушын 120 миллион сумға шекем ипотека кредитлери ажыратылады;
— банклердиӊ өз қаржылары есабынан ажыратылған ипотека кредитлерин Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен қайта қаржыландырыў механизмлеринен кеӊнен пайдаланылады.
Пәрманға бола, 2024-жыл 1-июньнан “мәҳәлле жетилиги”ниӊ усынысы тийкарында Кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған шахсларға ипотека кредитлерин ажыратыў әмелияты енгизиледи. Онда:
— ипотека кредитлери 120 миллион сумға шекемги муғдарда, 20 жылға шекемги мүддетке, Орайлық банктиӊ тийкарғы ставкасынан төрт процент бәнтке жоқары ставкада жеке тәртиптеги турақ жайды қурыў, реконструкциялаў ҳәм оӊлаў мақсетлери ушын ажыратылады;
— ипотека кредити бойынша дәслепки төлемниӊ бир бөлегин қаплаў ушын – ажыратылатуғын кредиттиӊ 15 проценти муғдарында ҳәм процент төлемлериниӊ бир бөлегин қаплаў ушын – кредит мүддетиниӊ биринши 5 жылы даўамында 12 проценттен артқан бөлегине субсидия төленеди.
Пәрманға муўапық, бағдарлама шеӊберинде субсидиялар төлеўдиӊ әмелдеги тәртибине төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизиледи:
— субсидиялар ажыратыў бойынша арзалар тастыйықланған параметрлер шеӊберинде 2024-жылдыӊ 15-майынан 1-ноябрине шекем қабыл етиледи;
— 2024-жылғы Бағдарлама шеӊберинде ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент төлемлериниӊ бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар – 12 проценттен артқан бөлегине, 2025-жыл ҳәм оннан кейинги жыллардыӊ Бағдарламалары шеӊбериндеги кредитлер бойынша болса – Орайлық банктиӊ тийкарғы ставкасынан артқан бөлегине төленеди;
— дәслепки турақ жай базарындағы квартираларды сатып алыў ушын ажыратылған ипотека кредитлери бойынша дәслепки төлемниӊ бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар – 2024-жылғы Бағдарламадан баслап қатаӊ белгиленген 30 миллион сум муғдарында төленеди.
Пәрманға бола, Ипотеканы қоллап-қуўатлаў қоры ( Қор) шөлкемлестириледи.
2024-жыл 1-майдан төмендеги тәртиплер орнатылады:
— дәслепки турақ жай базарындағы квартираларды сатып алыў ушын ипотека кредитлерин ажыратыўда ипотека предметин қамсызландырыў қәўиплеринен қамсызландырыў талабы бийкар етиледи;
— көп қабатлы турақ жайларды қурыў ҳуқықы “Ашық-айдын қурылыс” миллий мәлимлеме системасындағы электрон рейтинги баҳасы “С” ҳәм “СС” болған қурылыс шөлкемлерине де бериледи. Онда, электрон рейтинги баҳасы “С” болған шөлкемлерге 5 қабаттан жоқары болмаған, “СС” болған шөлкемлерге – 9 қабаттан жоқары болмаған турақ жайларды қурыўға рухсат етиледи;
— 2025-жыл 1-январьға шекем белгиленген жаӊа қурылыс ҳәм арнаўлы техикалардыӊ импортында бажыхана бажысыныӊ нольлик ставкасы қолланылады;
— “Жаӊа Өзбекстан” массивлеринде көп қабатлы турақ жайлар қурылысында қатнасатуғын қурылыс шөлкемлериниӊ айланыс қаржыларын толтырыў ушын бюджеттен 500 миллиард сум қаржы қаратылады.
—қурылыс шөлкемлерине Ташкент қаласында – 9 ҳәм оннан жоқары, басқа қалаларда – 7 ҳәм оннан жоқары, аўыллық жерлерде – 5 ҳәм оннан жоқары қабат турақ жайлар қурыў ушын ажыратылған миллий валютадағы кредитлер бойынша 24 айдан артық болмаған мүддетке “1+1” принципи тийкарында аймақлардыӊ категориясынан келип шығып кепиллик ҳәм компенсациялар бериледи.