“Урыны қарақшы басты…”

 

Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы бөлими ҳәм басқа хуқық қорғаў органлары менен биргеликте Өзбекстан Республикасы ИИВ жанындағы жазаны орынлаў департаменти 6-регионаллық аймаққа қараслы 27-санлы мәнзил колониясында жаза муддетин өтеп атырған С.Э.ниң мурәжатына тийкарланып оператив илажда, пуқара И.Ф. ариза ийеси С.Э.ниң исенимине кириў 400 млн сўм есесине өзиниң Өзбекстан Республикасы ИИВ тергеў департаментинде ислеуши арқалы Олий суд судъяларға айттырып азатлыққа шығарып ўәде берип, арза ийеси С.Э.дан жәми 32 500 АҚШ долларын алдаўшылық жолы менен алған уақтында усланды ҳәм оннан химиялық ислеў берилган 32 500 АҚШ доллар айғақлы дәлийл сыпатында алынды.
Бул жағдай бойынша пуқара И.Ф.ға қарата Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 4-бөлими “а” бәнти 28, 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, ЖИБ Қоңырат районы судының ҳүкими менен оған тийисли жаза тайынланған.

Б.Д.Жугинисов
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы бөлими инспекторы.

Skip to content