Пара алды, лекин…

Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы бөлими ҳәм басқа хуқық қорғаў органлары менен биргеликте пуқара А.Н.ның мүрәжатына тийкарланып өткерилген оператив илажда пуқара Г.Н. арза ийеси А.Н.ның исенимине кирип, 1100 АҚШ доллары есесине оны Қазақстан Республикасындағы Академик “А.Қуатбеков” атындағы халықлар дослығы Университетиниң “бухгалтерия” факультетине усы Университетте ислеўши “Қ” исимли танысы арқалы имтихансыз оқыўға киргизип бериўди ўәде етип, арза А.Н.нан 1100 АҚШ долларын алдаўшылық жолы менен алған ўақытта усланды ҳәм оннан химиялық ислеў берилген 1100 АҚШ доллары айғақлы дәлийл сыпатында алынды.
Бул жағдай бойынша пуқара Г.Н.ға қарата Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 1-бөлими хәм 28, 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, ЖИБ Қоңырат районы судының ҳүкими менен пуқара Г.Н. усы статьялар менен айыплы деп табылып, оған тийисли жаза тайынланды.

Р.Х.Камалов
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы бөлими баслығы,
әдиллик мәсләҳәтшиси

 

Skip to content