Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениў ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў мақсетинде сектор баслықларының көшпели қабыллаўлары турақлы өткерилмекте.
Қоңырат районы 1-сектор баслығы, район ҳәкими Бекзод Мадаминовтың нәўбеттеги көшпели қабыллаўында келип түскен ҳеш бир мәселе итибарсыз қалдырылмады. Ҳәким орынбасарлары, шөлкем ҳәм мекемелер басшыларының қатнасыўында өткерилген бул қабыллаўда мүрәжат етиўшилердиң шағымлары ҳәм усыныслары үйренилип, машқалалардың шешими қадағалаўға алынды.