Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң нәўбеттен тысқары 69- сессиясы болып өтти. Сессияға Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары, мекеме ҳәм кәрхана баслықлары,ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.Сессияны Қоңырат районы ҳәкими, Халық депутатлары районлық Кеңесиниң баслығы Б.Мадаминов ашты ҳәм алып барды.Сессияда искерлиги таўсылып,мәмлекет дизиминен шығып кеткен фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары менен дүзилген жер ижара шәртнамаларын бийкар етиў, фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларын шөлкемлестириў ушын жер майданларын электрон аукцион саўдасына шығарыў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Депутатлар Кеңестиң “Қоңырат районы ҳәкимлигиниң районда аўыл хожалығы кооперативлерин шөлкемлестириў,”бир контур -бир өним” принципи тийкарында дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ҳәм жаслар бәнтлигин тәмийнлеў мақсетинде жер майданларын электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыў бойынша усыныслар ҳаққында”ғы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў мәселесин додалады.Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң райондағы Халық қабыллаўханасына 2024-жылдың биринши шереги даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүражатлар,машқалаларды үйрениў нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды. Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.