Пул табыў нийетинде нызамбузыўшылыққа да жол қояр екен адам. Күни- түни ой-қыялы қандай етип материаллық байлық табыў, бир сәтте байып кетиў ҳәм артықша ҳәрекетлерсиз ҳәм ҳүжжетлерсиз
муҳаддес болған мәмлекет шегарасын бузыўға да қол урар екен адамзат.
Жасы 40 тан асып қалған, ақыл-еси пүтин, 2 перзенттиң әкеси болған Карим Алиев (аты фамилиясы өзгертилген) ақ-қараны ажырата алатуғын ҳәм Мәмлекет шегарасында белгиленген тәртипти бузып өткен ҳалда ҳәрекетлениў ушын жаза тайын екенлигине қарамастан тийисли ҳүжжетлери жоқ болғанлығы ушын “өзбек-қазақ”шегарасын бузып өтиўге бел байлап, Өзбекстан Республикасынан Қазақстан менен шегаралас бөлими есапланған “Даўыт ата ” автожолы халық аралық өткериў пунктиниң әтирапынан, шегара, сым тосқынлықларының астынан нызамсыз рәўиште өтиў жолларын излей баслады. Ол бир неше күнлик бақлаў жумысларынан соң, жуўмақлаўшы қарарға келип, Мәмлекет шегарасын бузған ҳалда шегара сым тосықлары астынан өтип, Қазақстан тәрепке ҳәрекетлениўди баслаған ўақытта шегара әскерий хызметкерлериг тәрепинен қолға алынды.
Буннан соң пуқараға мәмлекет шегарасын бузғанлығы ушын Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 223-статьясы (нызамға қайшы рәўиште шет елге шығыў яки Өзбекстан Республикасына кириў) жынаят иси қозғатылып, әдил судлаў ушын Қоңырат районы жынайый ислер бойынша судына жиберилген.
Пуқара К.Алиевга қарата жынайый ис тәртибинде оның шын кеўилден пушайманлығы ҳәм бундай нызамсыз ҳәрекетлерди биринши мәрте ислеп атырғанлығы инабатқа алынып, БЕМ ның 20 есеси муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.
Ҳәр бир истиң мәнисин ҳәм оның ақыры не менен жуўмақланатуғынлығын толық аңлап жеткен инсан ғана бундай жағдайларға түсип қалмайды ҳәм нызамбузыўшылыққа жол қоймайды.