Президент Қарары (https://lex.uz/docs/6819215) (ПҚ-88-санлы, 27. 02.2024-ж.) менен:
2024-жыл 1-майға шекем мәмлекет тәрепинен кепилленген тәризде тәмийинленетуғын протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация етиўдиң техникалық қураллары түрлери 18 ден 30 ға шекем кеңейтиледи.
2024-жыл 1-майдан:
протез үскенелери ҳәм реабилитация қуралларды сатып алғаны ушын мәмлекет тәрепинен мүтәж шахсларға қаплап берилетуғын қаржылар муғдарын базар конъюнктурасынан келип шығып орташа 3 есесине шекем, айырым қураллардың түрлери болса 10 есеге шекем арттырылады;
майыплығы болған шахслардың протез үскенелери ҳәм реабилитация қуралларына мүтәжлиги өз алдына медициналық жуўмақ рәсмийлестирместен майыплық ҳаққындағы мағлыўматнама тийкарында белгиленеди;
майыплық топарына ийе болмаған пенсия жасындағы шахслардың протез үскенелери ҳәм реабилитация қуралларына мүтәжлиги ҳаққындағы медициналық жуўмақ “Медицина-социаллық экспертиза” электрон мәлимлеме системасында рәсмийлестириледи.