Жаслар- келешегимиз,ертеңимиз ийелери

Мәмлекетимиз сиясатының тийкары да әйне жасларға бағышланған.Бул бағдарда Қоңырат районында да  жаслардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў бойынша жумыслар алып барылмақта.Жаратылып атырған имканиятлар нәтийжесинде район жаслары илим-пән, көркем өнер, спорт тараўларында мақтанса арзырлық жетикенликлерге ериспекте.Жақсы нәтийжелерге ерисип атырған жаслардың қатарын кеңейтиў, олардың тәжирийбелерин ғалабаластырыў, машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде
Қоңырат  районы ҳәкими Бекзод Мадаминов ҳәм
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими баслығы Э.Исматов қатнасыўында  жаслар менен ушырасыў болып өтти. Илажға оқыў ҳәм жумыс искерлигинде, спорт тараўында жоқары нәтийжелерге ерискен, өзиниң жоқары билими ҳәм қәбилети менен Ўатанымыздың раўажланыўына ылайықлы үлес қосып киятырған белсенди жаслар мирәт етилди.Район ҳәкими  алдыңғы ушырасыўларда жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында билдирилген басламалардың орынланыўына тоқтап өтти.Атап айтқанда, Жаслар орайында шахмат клубының ашылыўы, “Заковат” интеллектуал ойыны бойынша “Ҳәким кубоги”ниң енгизилиўи жас қәбилет ийелерин анықлаўда әҳмийетли екенлиги тастыйықланды.Жәрдемге мүтәж жасларды қоллап – қуўатлаў, оларды кәсипке бағдарлаў хәм бәнтлигин тәмийнлеў бойынша “Жаслар дәптери” системасы шеңберинде көплеген жасларға жәрдемлер берилди. Район ҳәкими 2024-жылда жасларға байланыслы сиясатты  әмелге асырыў бағдарында бир қатар жаңа басламаларды билдирди. Мысалы, жаслар арасында китапқумарлықты раўажландырыў бойынша Жас китапқумарлар арасында “Ҳәким кубоги”н шөлкемлестириў усынысы жаслар тәрепинен қызғын күтип алынды.Сондай-ақ, 2024-жылғы “Бес баслама”олимпиадасына көрилип атырған таярлықлар ҳәм өзгерислер, спортшыларға жаратылған шараятлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.Буннан соң жаслар менен ашық сәўбет шөлкемлестирилди ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалалары, пикир ҳәм усыныслары тыңланып, орынланыўы бойынша илажлар режесин ислеп шығыў белгиленди.

 

Skip to content